2023-жыл 10-июль, мектеп питкериўшилериниӊ 35 жыллық ушырасыўы.

แชร์
ฝัง
  • เผยแพร่เมื่อ 9 ก.ค. 2023
  • МИННЕТДАРМЫЗ УСТАЗЛАРҒА
    "*"*"*"***"""""******
    Уллы үмит оятқан әзиз инсанлар,
    Сизлер ушын буйырсын бағу-гүлшанлар,
    Кеўили тоқ небир дана мыңсанлар,
    Миннетдармыз сизден мудам устазлар.
    "*"*'*"*"*'*'*"*'""***""*"
    Жақсы бол деп шақырықты тасладың,
    Әрман жетегине бизди басладың,
    Қапа болсақ кеўиллерди хошладың,
    Миннетдармыз сизден әзиз устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"
    Ҳәрбир қәдемиме итибар берип,
    Сөзлериме дыққат қулақты түрип,
    Биз қайда болсақ та бақладың жүрип,
    Миннетдармыз сизден әзиз устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"
    Қолымыз көксимизде мудамы тәжим,
    Биз ушын мийнетиңиз жүздеги әжим,
    Билимге қуштарлығым сиз ушын бәзим,
    Миннетдармыз сизден әзиз устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"
    Наўайы әпсанасы биз ушын үлги,
    Устазын ҳүрметлеў не деген күшли,
    Шәкиртлерге идея гөзлеп тәшўишли,
    Миннетдармыз сизге әзиз устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"
    УСТАЗ деген УЛЛЫ атың жүректе,
    Сиз берген күш сынаўлы тур билекте,
    Еле сәлем берип келип мектепке,
    Миннетдарлық билдиремиз устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"**"
    Себеби, еккениңиз егин, я терек,
    Емес.Әўлад ғой ол халыққа керек,
    Биз елдиң тынышлығы боламыз тирек,
    Мәңги миннетдармыз сизге устазлар.
    "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"

ความคิดเห็น •